2021-жылдан жасларды шақырыққа шекемги басланғыш таярлық системасында жаӊа дәўир басланды десек ҳеш алжаспаған боламыз. Себеби, 2020-жылдыӊ 20-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында өткерилген мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен улыўма орта билим орынларында 11-класс оқыўшыларыныӊ “Шақырыққа шекемги басланғыш таярлық” пәнинен алған теориялық билимлерин беккемлеў мақсетинде оқыў жылында бир мәрте әскерий полигонға алып шығыў системасын енгизиў бойынша тапсырма, мәмлекетимизде жасларды армияға шекем таярлаўда тарийхый ўақыя сыпатында мөрленип қалды.

Усы тапсырмаға тийкар, 202-жылдыӊ февраль айында Өзбекстан Республикасы Қорғаныў ҳәм Халық билимлендириў министрликлериниӊ қоспа қарары қабылланып, оған көре ҳәр жылы март ҳәм май айларында 11-класс оқыўшыларыныӊ әскерий полигонларда бир күнлик әмелий шынығыў өтиўи белгиленген болып, оларға кететуғын барлық қаржылар  Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласыныӊ жергиликли бюджетиниӊ қосымша дәраматлары есабынан әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Өзбекстан Республикасыныӊ “Улыўма әскерий миннет ҳәм әскерий хызмет ҳаққында”ғы 2002-жыл 12-декабрдеги нызамыныӊ 13-статьясына тийкар шақырыққа шекемги басланғыш таярлық, соныӊ ишинде пуқаралық қорғаныў бойынша таярлық оқыў бағдарламасындағы миннетли пән болып, улыўма орта билим бериў мектеплеринде ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында шақырыққа шекемги таярлық оқытыўшылары тәрепинен питкериў жылы  алдынан курс ҳәм класслардан баслап өтиледи. Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен бери быйыл ғәрезсизликке ерискенли бери биринши мәрте мектеплердиӊ питкериўши класс оқыўшылары Арқа-батыс әскерий округ әскерлери сәркардарлығына қараслы Қарақалпақстан Республикасындағы  “Нөкис” ҳәм Хорезм ўәлаятындағы  “Янгиариқ” дала-оқыў майданларында жаўынгерлик қуралдан әмелде оқ атыў шынығыўларын орынланды.

Усы жылдыӊ март айынан басланып май айында жуўмағына жеткен шынығыўларға Қарақалпақстаннан жәми 10 942 ҳәм Хорезмнен 11 900, жәми 22 842 оқыўшы тартылып, қуралдан әмелде оқ атыў шынығыўын орынлады.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Хорезм ўәлаяты Халық билимлендириў басқармасыныӊ басламасы менен аймақлардағы орта арнаўлы ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплериниӊ басламасы менен аймақлардағы орта арнаўлы ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплериниӊ Шақырыққа шекемги басланғыш таярлық пәнинен Қарақалпақстаннан 634 ҳәмде Хорезмнен 452 , жәми 1 086 оқытыўшы да бул шынығыўларда қатнасыўы тәмийинленди.

-Арқа-батыс әскерий округ баспасөз хызметиниӊ мәлим етиўинше, Полигонларда жаратылған оқыў точкаларында офицер ҳәм сержантлар басшылығында жоқары класс оқыўшы ҳәм оқытыўшыларыныӊ жаўынгерлик қуралларды пайдаланыў ҳәм техника қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў бойынша бир ай даўамында шынығыўлар шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, шынығыўларда гранаталарды ылақтырыў, автомат магазинин патрон менен оқлаў, анық нышанаға алыўды үйрениў, түрли жағдайларда қуралды атыўға таярлаў, автоматты толық емес бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў сыяқлы шынығыўлар жаслар тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен орынланды. Биринши мәрте қуралдан әмелий оқ атыў шынығыўларын орынлаған жаслар 100 метр узақлықта турған нышанға қарата 3 данадан оқ атып, мектепте өтилген шақырыққа шекемги басланғыш таярлықтан алған теориялық билимлерин әмелде беккемлеў имканиятына ийе болды.

Шынығыўлар шеӊберинде үйрениўшилерге жаўынгерлик техника ҳәм оқ атар қурал үлгилери көргизбеси де шөлкемлестирилди. Ҳақыйқый қураллар менен танысыў, олардыӊ жаўынгерлик мканиятлары ҳәм техник классификациясы туўралы мағлыўматлар, болажақ ел қорғаўшыларында үлкен қызығыўшылық қалдырса, тәжип емес.

Шынығыўлар жуўмағында оқыўшы-жаслар ҳәмде оқытыўшылар дала-оқыў майданларындағы асханаларда жайылған дастурханларда әскерий түсликтен дәм татысты.

Сондай-ақ, Арқа-батыс әскерий округ әскерлери сәркардарлығы тәрепинен аймақларда жоқары оқыў орынларына талабанларды таярлаў системасын жетилистириў ҳәм сапа жағынан жақсылаў мақсетинде “Ҳәр бир талабанға – бир устаз” принципи тийкарында орынларда системалы ислер алып барылмақта.

Исенимимиз кәмил, шақырыққа шекемги басланғыш таярлық системасында алып барылып атырған реформалар армиямыз қатарын руўхый ҳәм физикалық жақтан күшли, дәслепки әскерий билимлерден хабардар,елимиздиӊ бүгиниҳәм келешеги ушын жуўапкершилик сезими жоқары, Ўатансүйиўшилик туйғысына ийе болған жаслар менен толықтырыўға ерисиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги