Президент Шавкат Мирзиёев 3-май күни жазғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлық процесине байланыслы презентация менен танысты.

Япония  пайтахты Токио қаласында болып өтетуғын усы абырайлы жарысқа спортшыларымызды таярлаў ушын кеңнен шараят жаратылған еди. Жоқары тәжирийбели қәнигелер тартылып, жүзлеген оқыў-шынығыў шөлкемлестирилди. Бүгинги күнге шекем  спортшыларымыз жазғы Олимпиада ойынларына 41, Паралимпиада ойынларына 16 жоллама алған.

Презентацияда Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлық жағдайы сынға алынып, қанаатландырарсыз деп баҳаланды. Май-июль айларындағы жарысларда және жолламаларды қолға киргизиў ушын спортшылар ҳәм олардың жәмәәтин қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Спортшыларға хызметлерди күшейтиў, оларды ҳәр тәреплеме хошаметлеў бойынша көрсетпе берилди.

Федерациялардың жумысын жетилистирип, тартылған тәжирийбели спорт менеджерлери менен бирге олимпиадашылардың физикалық, медициналық ҳәм психологиялық жағдайын жақсылаў ушын ҳәр бир спорт түри бойынша өз алдына бағдарламалар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

 

ӨзА