Нөкисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис сенатының ағзасы Г.Аннақличева ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова менен ушырасыў кешеси өткерилди.

«Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның мазмун-мәниси, сондай-ақ, Олий Мажлис Сенатының он екинши жалпы мәжилисинде қабыл етилген қарарлар, Сенатқа келип түскен пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм көрип шығылған мәселелердиң әҳмийети ҳаққында кең түрде тусиндирилди.

 

 

-Бүгинги ушырасыўда Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған пәрманлар менен қарарларының мазмун-мәниси, олардың орынланыўын тәмийинлеў, жаслар мәселелери үйрениў ҳәм шешиў жумысларын және де күшейтиў, «Жаслар дәптери»не киргизилгенлер менен ислесиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәсип-өнерлерге үйретиў, бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў, бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша мәселелерине айрықша итибар қаратыў кереклиги ҳаққында  көплеген мағлыўматларға ийе болдық, -дейди «Наўқан бағ» мәкан пуқаралар жыйынының шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-руўхый мәселелер бойынша орынбасары Замира Айтбаева.

 

 

Ушырасыў жуўмағында Олий Мажлис Сенатының ағзасы Г.Аннақличева ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова пуқаралардың мүражатларын тыңлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги