ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.И.Қурбанов Шымбай районлық медициналық бирлеспесине қурамалы хирургиялық әмелиятларды әмелге асырыўда пайдаланылатуғын лапароскоп үскенесин тапсырған еди. Усы лапароскоп үскенеси арқалы медициналық бирлеспесинде арқа районларда биринши мәрте операция исленди. Бул ҳаққында министрлик мәлимлеме хызмети хабар берди.

«2021-жыл 9-январь Шымбай районы медицинасында тарийхый күн болды. Өйткени, арқа районларда биринши мәрте медицинамызда қурамалы операцияларды әмелге асырыўда бизге зәрүр болған лапароскоп үскенеси менен өт қалтаны алып таслаў бойынша операция исленди.

 

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалының тәжирийбели қәнигеси Ерназар Қалмурзаев басшылығында районлық хирурглар тәрепинен 1974-жылда туўылған Р.О. ҳәм 1975-жылда туўылған С.П. лар тексериўден өткерилди. Тексериў жуўмағы бойынша наўқасларға диагноз қойылып, оларға операция исленди.

 

Диаметри 5-10 мм болған қарын дийўалына 3-4 тесик арқалы арнаўлы әсбаплар жәрдеминде арнаўлы найшалар (троакарлар) киргизилди, қарын бослығына карбонат ангидрид инюфлятор (насос) жәрдеминде жиберилди – пневмоперитонеум қолланылды. Видеокамера, арнаўлы қысқышлар ҳәм электродлар жәрдеминде троакарлар арқалы өт қалтаның анатомиялық элементлери – қалта артериясы ҳәм қалталы канал ажыратып алынды, оларға арнаўлы металл қаўыслар (қысқышлар) жайластырылды ҳәм кесилди. Соннан кейин, операция етилген жер арқалы қалта шығарылды ҳәм сорғыш пенен өт ҳәм тас алынды. Кейин қарын бослығы дренажланды ҳәм операциялық кеспелер тигилди.

Табыслы өткен операциядан кейин наўқаслар бақлаў ушын интенсив терапия бөлимине жатқарылды. Оянғанынан еки саат өткеннен соң, хирургиялық бөлимге өткерилди. Усындай лапараскопиялық холецистэктомия операцияларында наўқасларда кемирек зыянланыў болады ҳәм тезирек аяққа турыўында өз нәтийжесин көрсетеди», – деп айтып өткен Шымбай районлық медициналық бирлеспесиниң хирург-лапараскописти Х.С.Абдуразахов.

 

Бундай қурамалы операцияларды әмелге асырыўда медицинамыздың материаллық-техникалық базасының беккемленип ҳәм раўажланып барыўы айрықша дыққатқа ылайық. Медициналық орынлардағы жағдайларды үйренген ҳалда, оларды заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм инвентарлар тәмийинлеў илажлары даўам еттирилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.