Усы жыл 2229-октябрь күнлери аралығында улыўма билим бериў пәнлери бойынша пәнлер олимпиадасының биринши мектеп басқышы өткерилди.

Бул басқышта 9-класстан 6949, 10-класстан  5290,  11-класстан 4842 оқыўшы жеңимпаз болып, 6-14-ноябрь күнлери аралығында өткерилип атырған екинши басқышта қатнаспақта.

Быйылғы  пәнлер олимпиадасының өткен жылдағыдан өзгешелиги сонда, бул  олимпиадаға академиялық лицей  ҳәм кәсип өнер мектеплеринен жәми 327 оқыўшының қатнасыўы режелестирилген.

Солай етип, екинши басқыш пәнлер олимпиадасына  жәми 17 081  оқыўшы қатнаспақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги