Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Шоманай районлық Кеңеси менен биргеликте өткерилген «үйме-үй» илажлары, халықтың, әсиресе, жаслардың машқалаларын шешиўде өзиниң унамлы тәсирин көрсетпекте.

Жақында Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң депутаты Мийригүл Байдуллаева үйме-үй жүрип, «Темир дәптер» бойынша үйрениў жумысларын алып барып атырған ўақтында оған  «Сарманбайкөл» АПЖ да жасайтуғын пуқара Қонысбай Асанов мүрәжат етти.

Ол акфа есик, айна өнимлерин ислеп шығарыў бойынша киши цех ашыў нийети бар екенлигин мәлим етип, коммерциялық банклерден жеңиллетилген кредит алыўына жәрдем көрсетиўин сораған.

Депутат оған жәрдем көрсетип, 6-ноябрь күни Қ.Асановқа районлық Халық банки тәрепинен акфа өнимлерин ислеп шығарыўшы үскенелерди сатып алыўға 30 миллион сумлық жеңиллетилген кредит шығарып берилди. Депутаттың қадағалаўы менен питкен мүрәжатынан пуқара Қ.Асанов миннетдар.

Келешекте «Темир дәптер»ге депутат усынысы менен киргизилген 3 заманласын өзиниң акфа цехында жумыс пенен тәмийинлеўди өз алдына мақсет етип қоймақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги