Улыўма орта билим бериў мектеплериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, билимлендириў ҳәм тәрбия процесcлери ушын мүнәсип шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстандағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде карантин қағыйдаларына қатаң бойсынылған ҳалда қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Ҳақыйқатында да, 2019-жылда республикамыздың қала ҳәм районларындағы мектеплердиң материаллық-техникалық базасын ҳәм инфраструктурасын жақсылаўға жергиликли бюджет  қаржылары есабынан  136 миллиард 8 миллион сум қаржы ажыратылып, жумыслар толық орынланды.

2020-жылы 18 улыўма билим бериў мектебинде Инвестициялық бағдарлама тийкарында 34 миллиард 500 миллион сумлық, 14 мектепте Инвестициялық бағдарламаға қосымша түрде кризиске қарсы гүресиў фондының қаржылары есабынан 34 миллиард 600 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, жергиликли бюджет қаржылары есабынан 23 объектте капитал ҳәм қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын 12 миллиард 400 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылып, жумыслар әмелге асырылды.

2016-2020-жыллар даўамында 416 мектеп заманагөй компьютер техникасы менен тәмийинленди. Нәтийжеде, 2015-жылға салыстырғанда компьютер менен тәмийинлениў 33 процентке өсти. 2020-жылы Кореяның «Эксимбанк»и менен бирге ислесиў жойбары шеңберинде 260 мектепке жәми 3 мың 997 комплект заманагөй компьютер техникасы алып келинди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги