Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен гүзги-қысқы мәўсимде кәрхана, мәкеме ҳәм халықтың турақ жайларында жүз бериўи мүмкин болған өртлер, пуқаралардың ийис газинен зәҳәрлениўи ҳәм басқа да жағдайлардың алдын алыў мақсетинде арнаўлы техникалардың көргизбеси болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 26-октябрьдеги «Ийис гази ҳәм ҳаўа араласпасының жарылыўы менен байланыслы болған айрықша жағдайлар ҳәм өртлердиң алдын алыў ҳаққында»ғы мәжилис протоколының орынланыўын  тәмийинлеў мақсетинде  ўәкилликли мәкемелер менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға қала турғынлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Көргизбениң ашылыў мәресиминде атап өтилгениндей, ҳаўа райының суўып кетиўи менен пуқаралардың жылытыўға болған талабы артады. Нәтийжеде тәбийғый газ ҳәм ҳаўа араласпасының жарылыў жағдайлары ушырасып турады.  Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында  өткен жыл даўамында мине усындай 13 жағдай  жүз берген болса, соннан 14 пуқара жәбирленди, 4 пуқара қайтыс болды. Усы жылдың өткен  9 айы даўамында 4  жағдай болып, 5 пуқара жәбирленген.

Буннан тысқары, қыс мәўсиминде пуқаралардың тәбийғый ҳәм ийис газинен зәҳәрлениў жағдайы да ушырасып турады.  Атап айтқанда республикамызда өткен жыл даўамында бундай 6 жағдай (Нөкис қаласында 3, Қоңырат, Тақыятас, Хожели районларында биреўден)  жүз берди. Соннан 22 пуқара жәбир көрген ҳәм 2 пуқара қайтыс болған. Өткен  9 айы даўамында 2  жағдай (Нөкис қаласы ҳәм Қанлыкөл районында) болып, 5 пуқара жәбирленген. Соннан 2 пуқара қайтыс болды.

Усы жылдың өткен айлары даўамында Қарақалпақстан Республикасында  481 өрт жүз берген болса, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 10,9 процентке азайған.  Усының ақыбетинде 4 пуқара дене жарақатын алып, 1 пуқара өмирден көз жумды.

-Жүз берген өртлердиң келип шығыў себеплери талланып көрилгенде, көпшилиги пуқаралардың турақ жайларында болған,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының ғалаба хабар қураллары ҳәм  жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топары баслығы Айбек Абдирахманов.- Көпшилик жағдайларда пуқаралардың насаз жылытыў ҳәм электр үскенелеринен пайдаланыўы, жас балаларды қараўсыз қалдырыўы буған тийкарғы себеп болмақта.

Илаж даўамында қатнасыўшыларға Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен гүзги-қысқы мәўсимде кәрхана, мәкеме ҳәм халықтың турақ жайларында жүз бериўи мүмкин болған өртлер, пуқаралардың ийис газинен зәҳәрлениўи ҳәм басқа да жағдайлардың алдын алыў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мағлыўмат берилди. Пуқараларды қызықтырған сораўларға қәнигелер тәрепинен жуўап берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери