Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң берген мағлыўматына қарағанда, Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта билим бериў мектеплерине 2020-2021-оқыў жылында 37 071  оқыўшының  1-классқа барыўы күтилмекте.

Арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, пандемия шараятын есапқа алып, мектеплеримиз басқышпа-басқыш ашылмақта.

Ашылған мектеплерде 1-класс оқыўшыларына «Президент саўғасы»н тапсырыў илажлары даўам етпекте.

«Президент саўғасы» қурамында 12 түрдеги оқыў қураллары орын алған. Саўғалар оқыўшының дәстүрий ямаса аралықтан оқыў түрин таңлаўына қарамастан, барлық оқыўшыларға бериледи.

«Президент саўғасы» аралықтан оқыўды таңлаған 1-класс оқыўшыларының ата-аналарына тапсырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги