Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 27-май күни Ташкент қаласында Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси болып өткен еди.

Ҳәзирги ўақытта орынларда усы жалпы мәжилисте көрип шығылған мәселелер ҳәм нызамлардың мазмун-мәнисин халықтың кең қатламына жеткериў және үйрениўге бағышланған илажлар өткерилмекте.

Жақында Төрткүл районы ҳәкимлигинде усы мәселелерди үйрениўге бағышланған мәжилис болып өтти. Илажға республикамыздан сайланған Олий Мажлис Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, сондай-ақ, жергиликли Кеңестиң  депутатлары, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң, мәкеме ҳәм кәрханалардың басшылары, район жәмийетшилиги, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Хамраев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Илажда Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис Сенатының ағзалары О.Атаниязова, Г.Аннақлычева, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасары Д.Дәўлетов, Жынаят ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының орынбасары Х.Асанов шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, Сенаттың оныншы жалпы мәжилисинде елимизде алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин түп-тийкарынан жақсылаўға, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда әмелге асырыўға қаратылған Мәмлекетлик бағдарламаны басқышпа-басқыш әмелге асырыўға қаратылған 21 мәселе, соның ишинде 7 нызам, яғный, «Өзбекистан Республикасы Конституциясының айырым нызамларына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекистан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы, «Прокуратура ҳаққында»ғы, «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы ҳәм басқа да бир қатар нызамлар ҳәм кодекслер көрип шығылып, талқыланды.

Көрип шығылған мәселелер бойынша қабыл етилген қарарлар пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң кепилликлерин және де беккемлеўде, халықтың турмыс дәрежесин арттырыўда, елимизде турақлылықты ҳәм абаданшылықты беккемлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.

Мәжилис көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги