Усы жылдың июль айында Қарақалпақстан телеканалы тәрепинен Шымбай районындағы орайлық дийқан базары әтирапындағы абаданластырыў жумысларындағы кемшиликлер ҳәм аймақта санитария-гигиеналық талапларға әмел етилмей атырғаны ҳаққындағы сын көрсетиў жәрияланды.
Район ҳәкиминиң орынбасары У.Қалилаев берген мағлыўматқа көре әйне пайытта базар әтирапында усы кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде оңлаў-қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Усы рәсмий мағлыўмат сизиң нәзериңизге ҳеш қандай өзгерислерсиз усынылмақта.
Телевидениеде жәрияланған сын материалдан соң «Шымбай дийқан базары» ЖШЖниң жумыслары ҳәм базар аймағындағы абаданластырыў, санитария-гигиеналық шараятлары сын көз қарастан көрип шығылып, ҳәзирги ўақытта усы кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли илажлар алып барылмақта.
Атап айтқанда, «Шымбай дийқан базары» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қолайластырылған павильон иши дийўалларына ҳәм расталарды оңлаў ҳәм ремонтлаў мақсетинде жәми 10,4 млн сумлық, қолайластырылған павильонның арқа батыс дәрўазасы алдынан кире бериске шекемги майданы тегисленип 470 кв/м жерге брусшатка төселип жәми 15,5 млн сум ҳәм қолайластырылған павильонның шығыс тәрепинен кирерге шекемги майданы тегисленип 400 кв/м жерге брусшатка төселип жәми 11,5 млн сўмлық қурылыс оңлаў жумыслары алып барылып, ҳәзирде жумыслар толығы менен жуўмақланды.
Соның менен бирге, қолайластырылған павильонның шығыс қубла тәрепинде бурын қурлысы басланып, шала питкерилмей турған 4 дана турғын саўда имаратының жумысларына жәми 69,9 млн сўмлық «Нөкис турақ жай дизайн» жеке меншик кәрханасы менен еки тәреплеме шәртнама дүзилди ҳәм ҳәзирде «Нөкис турақ жай дизайн» жеке меншик кәрханасы есап бетине 24,0 млн сум қаржы өткерилип, саўда имаратлары усы жыл жуўмағына питкерилип, исбилерменлерге пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Жуўмақлап айтқанда жоқарыдағы кемшиликлердиң сапластырылыўы бойынша тийисли илажлардың избе-из алып барылып атырғанлығын ҳәм алдағы ўақытта усындай кемшиликлерди көзден қашырмаў бойынша тийисли тәртипте илажлар көрилетуғынлығын мәлим етип билдиремиз.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети