Министрлер Кабинетиниң қарары менен 17-18-август күнлери улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги өткериледи.
Министрлер Кабинетиниң 10-августтағы бийлигине тийкарланып 15-30-август күнлери мәмлекеттиң барлық аймақларында абаданластырыў ҳәм тазалық айлығы деп жәрияланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар бермекте, – деп жазады gazeta.uz.
Сондай-ақ, бийлик пенен 17-18-август күнлери улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигин өткериў белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги