Ташкентте Өзбекстан Республикасында 20192021-жылларға мөлшерленген структуралық реформалардың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша Экономикалық кеңестиң биринши мәжилиси өткерилди.

Президентимиздиң 2019-жыл 8-январьдағы «Экономиканы буннан былай да раўажландырыў ҳәм экономикалық сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып шөлкемлестирилген илажда экономика тараўындағы «Жол картасы»ның белгили бир бағдарлары бойынша стратегиялар, түсиниклер, бағдарламалар, көзқараслар ҳәм басқа да ҳүжжетлерди ислеп шығыў Экономикалық кеңестиң тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Ариповтың басшылығындағы Кеңес қурамына Бас министрдиң орынбасары-қаржы министри Ж.Қўчқаров, Президент кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.Мавлонов, Президент кеңесгөйиниң орынбасары Г.Саидова, Орайлық банк басқармасы баслығы М.Нурмуратов, Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икрамов, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Бизнес Омбудсманы Д.Қосимов, қаржы министриниң биринши орынбасары Т.Ишметов ҳәм басқалар киргизилди.

photo5298692284423974043.jpg

Социаллық-экономикалық реформаларды әмелге асырыўға байланыслы додалаўларда Жорж Вашингтон университетиниң бизнес ҳәм халықаралық байланыслар бойынша профессоры, Growth Dialogue» экспертлер тармағының басқарыўшы директоры Дэнни Лейпцигер (АҚШ), бурынғы энергетика министри Марсело Токман белсене қатнасты.

Мәжилисте бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар, халықаралық финанс институтлары, соның ишинде, Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры, Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, БМШ Раўажланыў бағдарламасы ўәкиллери де қатнасты.

Қатнасыўшылар 2019-2021-жылларда әмелге асырылыўы күтилип атырған реформалардың тийкарғы 9 бағдарын белгилеп алды. Макроэкономикалық турақлылық, энергетика тармағын беккемлеў, инсан капиталы ҳәм социаллық қорғаў факторлары, жеке меншик секторды қаржыландырыў имканиятларын кеңейтиў, сыртқы ҳәм ишки саўда және транспортты раўажландырыў, турақлы урбанизация, қалалардың раўажланыўын жеделлестириў бағдарлары усылардың қатарына киреди.

photo5298717590371281829.jpg

-Мәжилисте энергетикалық секторды беккемлеў ҳәм макроқаржыландырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды,-дейди қаржы министриниң биринши орынбасары Т.Ишметов.-Бул тараўда бәсекини тәмийинлеў, электр ҳәм газ секторын раўажландырыў бойынша комплексли стратегия ислеп шығылады. Сондай-ақ, кәрханаларды финанслық жағынан жақсылаў илажлары көриледи. Таза энергия ислеп шығарыўға өтиў, хызметлердиң сапасын жақсылаў арқалы жаңа базар қатнасыўшыларының имканияты арттырылады. Электр энергиясынан пайдаланыўды есапқа алыўдың автоматластырылған системасын енгизиў, халықаралық шериклер менен биргеликте дерлик барлық ўәлаятларда ЫЭС ҳәм ГЭСлер, электр тармақларын қурыў, модернизациялаў бойынша улыўма баҳасы 1,9 миллиард долларлық 16 жойбарды әмелге асырыў режелестирилмекте.

Мәжилисте Экономикалық кеңестиң биринши мәжилисиниң баянламасы қабыл етилди.

Мәжилиске бағышланып шөлкемлестирилген брифингте қәнигелер салық реформалары, мәмлекетлик финансты басқарыўды жетилистириў, қарыздарлық ҳәм бюджетлераралық қатнасықлар бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар туўралы мағлыўмат берди.

photo5298692284423974044.jpg

Мәмлекетимизде жеке меншик секторды раўажландырыў ҳәм жумыс орынларын жаратыўға бағдарланған экономикалық реформаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Жәҳән банкиниң 500 миллион долларлық «Экономикалық реформаларды қоллап-қуўатлаў» жойбары әмелге асырылады.

Энергетика тараўы додаланған дөгерек сәўбетинде тармақ кәрханаларын коммерцияластырыў, финанслық турақлылықты тәмийинлеў, тариф реформаларын жетилистириў, онда инвестициялық бағдарлама ҳәм жеке меншик сектордың қатнасын тәмийинлеў сыяқлы усыныслар алға қойылды. Атап өтилгениндей, жеке меншик сектор объектлери сырт ел компаниялары менен биргеликте самал электр станцияларын қурыўды режелестирген. Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында бул ушын зәрүр шараятлар ҳәм имканиятлар бар.

Қәнигелер усы сыяқлы ис-ҳәрекетлерге сырт ел ҳәм жергиликли инвесторларды тартыў, тийисли нызам ҳүжжетлерин жетилистириў зәрүрлигин атап өтти.

photo5298717590371281832.jpg

photo5298692284423974045.jpg

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы