Изертлеўшилер Айдың қубла полюсинде магнит аномалиясын анықлады, бул ашылыў жердиң тәбийғый жолдасының ишки қабығында оғада аўыр темирден ибарат үлкен астероид қалдықлары бар екенлигиниң белгиси, делинеди «Live Science»  хабарында.

Атап өтилиўинше, Айдың қубла полюсиндеги Эйткен кратери (Қуяш системасында көлеми бойынша ең үлкен кратер есапланып, Айдың артқы тәәрепине жайласқан) қәддинде үлкен муғдарда металл резерви «жасырынып жатыр». Болжаўларға қарағанда, оғада аўыр темирден ибарат астероид буннан 4 миллиард жыл бурын Айдың сол жерине келип урылған.

«Көз алдыңызға келтириң, кратер түбинде Гавайи атаўларынан 5 мәрте үлкен болған металл резерви жасырынып жатыр. Биз бул табылмаға тосыннан дус келдик». деген изретлеўдиң тийкарғы авторы, Бэйлор (АҚШ) планета геофизикасы университетиниң үлкен оқытыўшысы Питер Жеймс. Оның сөзлерине қарағанда  «аномал табылма»ның аўырлығы 2,4 септиллион тоннаға тең болыўы мүмкин.

Жеймс ҳәм оның кәсиплеслери 2011-жылы НАСА жасалма жолдаслары жәрдеминде алынған мағлыўматлар тийкарында «аномал табылма»ны ашты.

ӨзА