Енди мәмлекетлик хызметлер орайларында пуқаралар турақлы (ўақтынша) дизимнен өткен орнына ҳәм юридикалық шахслардың почта мәнзилине (жайласқан жерине) қарамастан мәмлекетлик хызметлерди экстерриториаллық принцип бойынша алыўы мүмкин.

1. 2019-жыл 1-июньнен электротехника санаат шөлкемлерине:

 

  • реңли металл бөлеклерин ҳәм шығындыларды қайта ислеген ҳалда ислеп шығарыўда пайдаланыўға рухсат берилди;

 

  • реңли металл бөлеклерин ҳәм шығындыларды тапсырыў прогноз көрсеткишлери белгиленбейди.

 

  1. 2019-жыл 1-июньнен мәмлекетлик хызметлер орайында пуқаралар турақлы (ўақтынша) дизимнен өткен орнына ҳәм юридикалық шахслардың почта мәнзилине (жайласқан жерине) қарамастан мәмлекетлик хызметлерди экстерриториаллық принцип бойынша алыўы мүмкин.

 

Мәмлекетлик хызметлерди алыў ушын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат еткенде, мәмлекетлик бажы, жыйымлар ҳәм басқа да төлемлер Орайлар арқалы ямаса тиккелей хызмет көрсетиўши уйымларға мүрәжат еткенде төленетуғын суммадан 90 процент муғдарында төленеди.

 

Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўши мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ушын зәрүр болған мағлыўматларды өзлериниң мағлыўматлар базаларына ҳәм мәлимлеме системаларына электрон көринисте киргизип барады.

 

  1. 3. 2019-жыл 1-июньнен баслап:

 

  • орынлаў жумысын жүргизиўди ҳәрекетке келтириў орынлаў ҳүжжети келип түскен ўақыттан баслап бир жумыс күн ишинде орынлаў жумысы ҳәрекетке келтириледи (буннан алдын 3 күн ишинде ҳәрекетке келтирилген);

 

  • орынлаў ҳәрекетлери көби менен еки мәрте кешиктирилиўи мүмкин.

 

  • орынлаў жумысында тайынланған қәниге орынлаўшының қарары менен танысқан күннен баслап он бес жумыс күн ишинде жазба жуўмақ усыныўға мәжбүр.

 

  1. 2019-жыл 1-июньнен пуқаралар жыйынларының хызметкерлери менен мийнет шәртнамаларын дүзиў ҳәм бийкарлаў пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша район (қала) кеңеслери басшыларының биринши орынбасарлары тәрепинен әмелге асырылады.

 

  1. 2019-жыл 1-июньнен «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшылары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына республикадан шықпай созыў имканияты менен, 3 жыл әмел етилетуғын «инвестиция визасы» бериледи.

 

  1. 2019-жыл 1-июньнен бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына бола Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, оның аймақлық бөлими ҳәм бөлимшелериниң хызметкерлерине лаўазымлық айлығын анықлаўда тариф коэффициентлери 1,7 есе көбейтилген муғдарда қолланылады.

 

  1. 2019-жыл 1-июньнен қымбат баҳалы металларды сатып алыў ушын берилген банк кредитлери процент қәрежетлериниң қайта қаржыландырыў ставкасынан артатуғын, бирақ кредитлер бойынша 5 процентлик пункттен артық болмаған бөлегинде қаплаў ушын Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен компенсациялаў арқалы зергерлик өнимлерин ислеп шығарыўшылар қоллап-қуўатланады.

 

Дәрек: «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы

ӨзА