2019-жылдың 30-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасы бойынша 156 Өзбекстан пуқарасы, тийкарынан, ҳаял-қызлар ҳәм балалар арнаўлы авиарейсте Ташкент қаласына алып келинди. Олар алдаў жоллары менен Жақын Шығыстағы қураллы конфликтлер аймағына барып қалған еди.

Бул гуманитарлық әмелият инсан ҳуқықларын қорғаў тараўындағы тийкарғы халықаралық ҳүжжетлерге толық әмел еткен ҳалда, сондай-ақ, халықаралық гуманитарлық ҳуқықтың нормалары менен принциплеринен келип шығып әмелге асырылды.

Сырт елдеги басқыншы-террористлер менен байланыслы және терроризм қурбанлары болыўы мүмкин болған ҳаял-қызларға ҳәм балаларға жәрдем көрсетиў әҳмийетли екенлиги БМШтың Қәўипсизлик Кеңесиниң 2396-резолюциясы менен тастыйықланған.

Аўыр турмысты басынан өткерип, Ўатанға қайтқан жерлеслеримизге Өзбекстан ҳүкимети реабилитация ҳәм жәмийетке қайта бейимлесиўи ушын ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетеди. Олардың медициналық жәрдем ҳәм психологиялық жәрдемнен пайдаланыўы, оқыўға ҳәм басқа да социаллық бағдарламаларға қатнасыўы тәмиийнленеди. Қутқарылған жерлеслеримиздиң тыныш турмысқа қайтыўы ушын, атап айтқанда, оларды тийисли баспана ҳәм жумыс орны менен тәмийинлеў бағдарында зәрүр шараятлар жаратылады.

Барлық мусулманлар ушын муқаддес болған Рамазан айында пуқараларымызды қутқарыў бойынша табыслы әмелге асырылған гуманитарлық миссия Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги, арнаўлы хызметлер ҳәм басқа да уйымлардың муўапықластырылған ҳәрекетлериниң нәтийжеси болып табылады.

Бир қатар сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, Халықаралық Қызыл ярым ай комитети ҳәм ЮНИСЕФ тәрепинен зәрүр жәрдем көрсетилди. Өзбекстан тәрепи бул илажға қатнасқан барлық шериклерине пуқараларымызды Ўатанға аман-есен қайтарыўда көрсеткен жәрдеми ушын миннетдаршылық билдиреди.

Ҳәр қыйлы себеплерге бола жат еллерде аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған жерлеслеримизге олардың бәри Өзбекстан Республикасы қорғаўында екенлигин, мәмлекет олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ушын барлық илажларды көретуғынын билдириўди әҳмийетли деп есаплаймыз.

ӨзА