Жер жүзиндеги мәмлекетлер майданы үлкен-кишилиги менен бир-биринен парықланады. Әлбетте, жәҳән аренасында үлкен мәмлекетлер экономикалық раўажланыў жақтан өз орнына ийе. Бирақ киши майданлы мәмлекетлер өзиниң бай тарийҳы, сулыў тәбияты ҳәм туристлик потенциалы менен бәрқулла туристлердиң итибарында.

World Atlas онлайн-порталында жәрияланған дүньяның ең киши мәмлекетлери топ 10 лық нәтийжелерине бола, майданы 0.44 квадрат километр регионды ийелеген, халқы 1000 адамнан ибарат Ватикан қала-мәмлекети дүньяның ең киши мәмлекети, деп аталды.

photo5438618376147675795.jpg

Франция менен шегаралас болған, майданы 20 квадрат километр регионды қураған Монако мәмлекети рейтингтиң екинши орнын ийелеген. Халқы 39 мың адамнан ибарат болған бул елде туризм мәмлекеттиң тийкарғы дәрамат дәреги болып есапланады.

photo5438618376147675796.jpg

Тыныш океанында жайласқан Науру атаў-мәмлекети регионаллық майданы 21 квадрат километрди қурады. 10 мыңнан аслам халық жасайтуғын бул мәмлекетте қоршаған орталықтың патасланыў дәрежеси жылдан-жылға артып бармақта.

photo5438563971796937348.jpg

Сондай-ақ, дүньяның ең киши мәмлекетлер қатарынан Тувалу (25 кв.км), Сан-Марино (61 кв.км), Лихтенштейн (160 кв.км), Маршал атаўлары (181 кв.км), Мальдив Республикасы (300 кв.км), Мальта Республикасы (316 кв.км), Гренада (348 кв.км) мәмлекетлери орын алған.

Зуҳра Мирзабоева, ӨзА