«Вести.ру» дың хабарына қарағанда, россиялы екинши миллиардер ҳаял «Wildberries» интернет дүканының ийеси Татьяна Бакальчук болып табылады.
Атап өтилиўинше, Татьяна Бакальчуктың онлайн-ретейлер компаниясы 4-орын менен «Forbes» дизиминен орын алған.
«Forbes»тиң мағлыўматы бойынша, бүгинги күнде Бакальчуктың дәраматы 1,2 миллиард долларға жеткен. Өткен жылы болса оның компаниясының саўда көлеми ҳәм көрген пайдасы 602 миллион долларды қураған еди.
Татьяна Бакалчук өмирлик жолдасы менен 2004-жылы өз бизнесин жолға қойған. Дәслеп олар немис каталоглары бойынша ҳаял-қызлар кийим-кеншеклери саўдасы менен шуғылланған.
Ҳәзирги ўақытта «Wildberries» арқалы кийим-кеншеклерден тысқары, пардозлаў буўымлары, ойыншықлар, спорт ҳәм балалар азық-аўқатлық өнимлери, турмыслық электроника, китаплар сатылмақта. Интернет-дүканның сайтына бир айда 60 миллион пайдаланыўшы киреди.
ҒХҚның еслетиўинше, россиялы биринши миллиардер ҳаял Москва қаласының бурынғы мэри Юрий Лужковтың зайыбы Елена Батурина болып табылады. Ол «Inteco Management» компаниясының баслығы болып табылады.
ӨзА