«Ўатансүйиўшилик айлығы» шеңберинде, тийкарғы мақсети – жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларда Ўатанға садықлық сезимлерин қәлиплестириў мақсетинде өткерилип атырған илажлар даўам етпекте.

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетлик Кеңестиң Қарақалпақстан Республикасы регионаллық бөлими тәрепинен Арқа-Батыс әскерий округине қараслы Нөкис гарнизонында  байрамға бағышланған ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға гарнизодағы әскерий бөлимлердиң әскерий хызметкерлери ҳәм мүддетли әскерлер қатнасты.

Ушырасыўда Республика Рухыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетлик Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы регионаллық бөлими баслығының орынбасары Қ.Юсупов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Абдиев, әскерий бөлим командириниң орынбасары, подполковник О.Мамадалиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилиўиниң әҳмийети, оның пуқаралық жәмийетинде тутқан орны туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Елимиздеги Қураллы Күшлер, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына, мүддетли әскерлерге жаратылып атырған шараятлар, олардың әскерий хызметти тамамлағаннан кейинги жоқары билимлендириў орынларына кириўи ушын берилген имканиятлар туўралы айтып, жасларды Ўатанға шын кеўилден хызмет етиўге шақырды.

Усы мазмундағы илаж Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде де болып өтти.

Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.