Американың «Real Clear World» ғалабалық басылымында жәрияланған «Corsair LLC» консалтинг компаниясы басқарыўы директоры Жеймс Дурсоның «Өзбекистан жаңа шеклерди гөзлемекте» атамасындағы мақаласы елимиздиң мәлимлеме мәканында ҳәм экспертлер жәмийетшилиги арасында үлкен қызығыўшылық оятты.

Усы мақалада Өзбекистан Президентиниң мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларын реформалаў процесине системалы қатнас жасаўы ашып берилген, елимизде әмелге асырылып атырған мәмлекет сиясатының раўажланыўы талқыланған.

Автордың атап өтиўинше, Өзбекистанда еркин конвертацияның жедел пәтлер менен енгизилгени дүньяның көплеген қаржы қәнигелерин таң қалдырған. Бул реформалар қысқа ўақытта әмелге асырылғанына қарамай, мәмлекет басшысы тәрепинен усы қарар нәтийжесинде жүз бериўи мүмкин болған социаллық ақыбетлери есапқа алынған. Усы орында “Жети өлшеп, бир кес” деген мақал ерксиз еске түседи. Өзбекистан Президенти валюта сиясатын еркинлестириў бойынша қарарды усы принципке тийкарланып қабыл етти.

Елимиздиң экспорт потенциалын асырыў, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў, шет ел инвестицияларын тартыўға тосқынлық ететуғын машқала ҳәм кемшиликлер терең үйренилди.

Усылай талқылаў негизинде валютаны тәртипке салыў процесине артықша административлик араласыўлар, сыртқы саўда хызметин әмелге асырыўда экономиканың айрықша тармақлары ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлер ушын жеңилликлер менен преференциялар бериўдеги бар болған кемшиликлерге системалы баҳа берилген. Бул кемшиликлер исбилерменлик субъектлери ушын тең болмаған бизнес шараятлары ҳәмде шет ел валютасы және алмастырыў курсының параллель базарының жүзеге келиўине себеп болған еди.

Әмелге асырылып атырған реформалардың жақын келешекте халықтың мүтәж қатламына тәсирин кемейтиўге қаратылған илажлар да ойланған. Усы бағдарда мәнзилли ҳәм ашық-айдын социаллық нәпақа ҳәм субсидияларды енгизиў, жумысты үйге алып ислеўге кең тартыў арқалы халықтың бәнтлигин арттырыў, үй қапталы қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, жеңиллетилген микрокредитлер усыныў жәрдеминде кем тәмийинленген шаңарақлардың турмыс шараятын жақсылаў да нәзерде тутылған.

Бул реформалар елимиздиң инвестициялық қызықтырыўшылығын арттырыў, өзиниң банк есап бетиндеги валюта пулларын еркин басқарыў ушын шараят жаратыў арқалы жергиликли ислеп шығарыўшыларды экспорт искерлигине буннан былай да кең тартыў, умтылдырыў сыяқлы мақсетлерге бағдарланған. Бунда мәмлекет тәрепинен валюта базарын еле де еркинлестириў менен байланыслы барлық социаллық тәўекелшилик есапқа алынған.

Өзбекистан басшылығы тәрепинен әмелге асырылып атырған жаңа сиясатта бирден-бир анық тенденция байқалмақта. Бул ишки раўажланыў ушын буннан былай да қолайлы сыртқы шараятлар жаратыўғы умтылыў болып есапланады.

Америкалы эксперт Жеймс Дурсо Өзбекистан басшысы қоңсы еллер, узақ ҳәм жақын шет еллер, соның ишинде, Россия, Қытай, АҚШ, Европа Аўқамы ҳәм басқа да еллер менен бирге ислесиўди жедел раўажландырып атырғанын атап өтеди.

Президент Шавкат Мирзиёевтың сентябрь айында БМШның жоқары минберинен турып «Өзбекистан бүгинги күнде өзиниң сыртқы сиясатында Орайлық Азия регионына айрықша әҳмийет қаратпақта» деген пикирлери халықаралық экспертлер итибарын тартып атырғаны гүмансыз. Бул әмелиятта өз тастыйығын таппақта – Шавкат Мирзиёевтың Президент сыпатындағы шет елге биринши сапары Түркменстанға болғаны терең символлық мәниге ийе. Өзбекистан басшысы Қазақстанға бир неше мәрте сапар етти. Өзбекистан ҳәм Қырғызстан арасында мәмлекет шегаралары ҳаққында келисиўге қол қойылды. Шавкат Мирзиёевтың жақында Бишкек қаласына еткен сапары нәтийжесинде Ферғана ойпатлығында қадағалаў-өткериў пунктлериниң жумысы қайта тикленди ҳәм еки ел арасында халықтың қатнаўы жеңиллестирилди.

Америкалы эксперт Өзбекистан ҳәм Россияның экономикалық бирге ислесиўи және экстремизмге қарсы биргеликте гүресиў тараўында өзара мәпдар екенине итибар қаратты. Өзбекистанда экономикалық либералласыў процесинде инвестицияларға зәрүрлик сезилиўи тәбийғый. Бул бағдарда елимиз Россия менен бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар. Усы тәрепинен Өзбекистан басшысының Россияға мәмлекетлик сапары жуўмақлары айрықша әҳмийетке ийе. Россия 12 миллиард доллар инвестиция енгизетуғын болды ҳәм 3,8 миллиард долларлық саўда келисиўлерине қол қойысты.

Өзбекистан менен Қытай арасындағы өз-ара бирге ислесиў темпи де итибарға ылайық. Пекинниң биргеликтеги жойбарлар шеңбериндеги қаржылай ажыратпалары көлеми 20 миллиард долларға тең. Бул инвестициялық жойбарлар XV-XVI әсирлердеги уллы географиялық ашылыўлардан алдынғы дәўирде болғаны сыяқлы Өзбекистанның тийкарғы саўда жоллары кесилиспеси сыпатында қәлиплесиўине хызмет етеди.

Усы орында Президент Шавкат Мирзиёевтың Нью-Йорк қаласына сапары даўамында ерисилген келисиўлерин де еслеп өтиў мүмкин. Валюта сиясатын либералластырыў нәтийжесинде Өзбекистан менен Америка компаниялары арасында улыўма нырқы 2,6 миллиард долларға тең келисиўлерге қол қойылды.

Елимиздиң ишки турмысының барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды тереңлестириў шараятында Өзбекистанның ашық ҳәм турақлы сыртқы сиясаты мәмлекетти раўажландырыў перспективаларына исенимниң еле де беккемлениўине тийкар жаратпақта. Буның тастыйығын раўажланған еллердиң Өзбекистан Республикасы менен экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша қойған исенимли қәдемлери мысалында да көриў мүмкин.

 

Суҳроб ЮСУПОВ,

Өзбекистон Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты бөлим баслығы.

ӨзА