Россия пайтахтында «Электрон мектеп» ҳәм «Медициналық класс» улыўма билимлендириў жойбарлары Хельсинкиде болып өткен билимлендириў бойынша саммитте халықаралық жойбарлар қатарына қосылды.

Москва сэри Сергей Собянин бул ҳаққында өзиниң Twitterдеги бетинде мәлим етип, бул жойбарға кирген мектеплерде сабақлықлардың орнына оқыўшыларға арнаўлы планшетлер берилгенин, электрон күнделиклер енгизилгенин, класс бөлмесиниң интерактив тахта ҳәм столлар менен үскенеленгенин, келеси жылда бул жойбар әмелияты ушын 16 миллиард рубль инвестиция киргизилетуғынын айтқан.

ӨзА