Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Улыўмалық ҳәм органикалық емес химия институтының илимпазлары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты менен биргеликте Қарақалпақстанның шөл аймақларын көгалландырыў бойынша жаңа жойбар үстинде жумыс баслады. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар бермекте.
– Тәжирийбе сыпатында Қараөзек районында 1 гектарлық жерге Эльдар ҳәм Қырым қарағайларының нәллери отырғызылды, – дейди жойбар басшысы, ӨзИА Улыўмалық ҳәм органикалық емес химия институтының докторанты, химия илимлери кандидаты Алым Асаматдинов. – Бул өсимлик суўсызлық ҳәм суўыққа оғада шыдамлы. 100 жылдан 600 жылға шекем жасайды. Қарағай оғада тез өседи, топырақ сайламайды. Оның ушын ең мақул топырақ – бул қумлы топырақ болып табылады. Қарақалпақстан жериниң суўы аз екенлигин есапқа алып, усы нәллерди отырғызыўда ӨзИА Улыўмалық ҳәм органикалық емес химия институтының сыртқы-актив элементлер лабораториясында ойлап табылған ығаллықты услап турыўшы гидрогельлерден пайдаланылды. Қалалардық әтирапында, темир жол ҳәм автомобиль магистраллары бойлап қарағайлы тоғайлы жаратыў көплеген социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларға шешим бола алады. Шаң-тозаңның көтерилиўи, қумлардың көшиўиниң алдын алады, жаңа жайлаўлар пайда болады ҳәм т.б.
Қарағайдың өзине тән емлик қәсийети де бар. Оның жапырағы бактерияларды жоқ ететуғын ушыўшы элементлер – фитонцидлерге оғада бай. Фитонцидлер ҳаўаны зыянлы микроблардан тазалайды. Сол себепли емлеў-саламатластырыў ҳәм балалар дем алыў орайларына қарағай егиледи.
Халық медицинасында көпшилик аўыр кеселликлер, соның ишинде, кислород жетиспеўшилиги, остеохондроз, жүрек-қан тамыр ҳәм нерв системасы кеселликлери, простата аденомасы ҳәм басқа кеселликлерди қарағай бүртиги ҳәм жапырағын қоллай отырып емлеўдиң бир неше усыллары бар. Қарағайдағы пайдалы элементлердиң ең үлкен концентрациясы оның 2-3 жастағы ийне жапырағында және еле гүллемеген бүртиклеринде болады.
Президентимиздиң 2018-жыл 14-февральдағы «Фармацевтика тармағын жедел раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгиленген дәрилик өсимликлер плантацияларын шөлкемлестириў бағдарламасына муўапық, бул қарағайлы тоғайлар 2-3 жыл өткеннен соң жергиликли фармацевтика ушын дәрилик затлар ислеп шығарыўда шийки зат сыпатында хызмет етиўи мүмкин.
Кейинги 3-10 жыл ишинде усы аймақта қарағай ийнелериниң түсиўи нәтийжесинде топырақтың қайта тиклениў процеси басланады. Бул болса ҳайўанатлар ушын азық-аўқат сыпатында хызмет ететуғын бирден-бир ҳәм көп жыллық шөплердиң өсиўи ушын шараят жаратады. Сондай-ақ, қарағайлықларда реза мийўели өсимликлерди өсириў мүмкин, бул болса, өз гезегинде, азық-аўқат резервин жақсылаў ушын хызмет етеди.
Илимпаздың инновациялық идеясын әмелге асырыўда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты бирге ислеспекте. Институт жәрдеми менен Қараөзек районынан тәжирийбе ушын жер майданы ажыратылды.
– Президентимиз Түркменстанның Түркменбашы қаласында болып өткен Аралды қутқарыў бойынша халықаралық қорының шөлкемлестириўши мәмлекет басшылары мәжилисинде Арал бойы аймағын Экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасы, деп жәриялаў мәселесин көрип шығыў усынысын алға сүрген еди, – дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры Байрамбай Отемуратов. – Илимпаздың усы изертлеўи мәмлекетимиз басшысы билдирген идеяға сәйкес келеди. Биз усы жойбарға қатнасып атырғанымыздан қуўанышлымыз.