Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қаҳраман Сариев басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Қытай Халық Республикасында сапарда болмақта. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети хабар бермекте.
Сапардың биринши күни Қытай Халық Республикасы Хэбэй ўәлаяты Ҳүкимети менен ушырасыўдан басланды. Ол жерде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Хэбэй ўәлаяты Ҳүкиметиниң арасында өз ара бирге ислесиў бағдарындағы меморандумға қол қойылды.
Сондай-ақ, күнниң екинши ярымында Өзбекстан ҳәм Қытай Халық Республикасы исбилермен шеңберлериниң қатнасыўында бизнес-форум шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қаҳраман Сариев басшылығындағы Өзбекстан делегациясының Қытай Халық Республикасына сапары усы жылдың 14-сентябрь сәнесине шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги