Елимизге Қытай Халық Республикасының Шанхай ҳаял-қызлар федерациясы вице-президенти Лю Ци басшылығындағы делегация келди.

Сапар етиў шеңберинде Қытай делегациясының ўәкиллери Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетинде болды.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.Норбоева елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларға ҳүрмет ҳәм итбар көрсетиў, хошаметлеў бағдарында бир қатар мәмлекетлик бағдарламалар, социаллық жойбарлар избе-из турмысқа енгизилип атырғанын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2018-жыл 2-февральда қабыл етилген «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрман ҳаял-қызлардың мәплерин қорғаўда жаңа басқышты баслап берди.

Ушырасыў ўақтында ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, олардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий турмысқа қатнасыўының ҳуқықый тийкарлары және әҳмийети ҳаққында сырт еллердиң тәжирийбеси, бул бағдарда Өзбекстанда системалы тәризде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз етилди.

Елимиздеги жетекши жәмийетлик шөлкем болып есапланатуғын Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети шаңарақлардағы социаллық-руўхый орталықты терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениў, жүзеге келген әҳмийетли мәселелерге өз ўақтында ҳәм тез шешим табыў, қыйын жағдайда қалған ҳаял-қызларға көмеклесиў бойынша көплеген әмелий илажларды, ағартыўшылық жойбарларды турмысқа избе-из енгизбекте.

– Сапар етиў даўамында елиңизде ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша системалы жумыслар жолға қойылғанының гүўасы болмақтамыз, – дейди Шанхай ҳаял-қызлар федерациясының вице-президенти Лю Ци. – «Бир мәкан, бир жол» халықаралық басламасы тийкарында көплеген жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Усы тжағынан келешекте шөлкемлеримиз арасында бирге ислесиў буннан былай да кеңейетуғынына гүман жоқ. Шанхай экономикалық, саўда-сатық орайы болған ири қалалардан есапланады. Биз Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң ўәкиллери менен Шанхайда ушырасыўды асығыслақ пенен күтип қаламыз. Булардың барлығы жүзеге келген ҳәр қыйлы әҳмийетли мәселелерге биргеликте шешим табыў имканиятын береди.

Сөйлесиў даўамында тийкарғы итибар ҳаял-қызлардың экономикалық билимлерин арттырыў, оларда исбилерменлик көнликпелерин күшейтиў бойынша халықаралық бирге ислесиў жойбарларына қаратылды. Келешекте өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў бойынша келисип алынды.

Илажда Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети ҳәм Шанхай ҳаял-қызлар федерациясы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Сапар етиў шеңберинде Шанхай ҳаял-қызлар федерациясы делегациясы Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Ташкент ўәлаяты социаллық бейимлесиў орайы ҳәм басқа да шөлкемлерге барып, өзбекстанлы ҳаял-қызларға жаратылған шараятлар менен ҳәр тәреплеме танысты.

 

Н.УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы