АҚШтың Миннесота университети илимпазлар топары Антарктиданың жоқары шешимдеги ең анық картасын жәриялады. Бул ҳаққында РИА Новости’ге тийкарланып Daryo.uz хабар бермекте.

Карта 8 метрли болып, континенттиң шама менен 14 миллион квадрат метр майданын өз ишине алады. Енди илимпазлар ушын Антарктидадағы барлық таўлардың ҳәм муз қатламларының бийиклиги сантиметрине шекем белгили.

Бундай жоқары анықлықтағы картаны дүзиў ушын бирнеше миллионлаған сүўретке Blue Waters суперкомпьютеринде ислеў берилген.

Антарктиданың ең толық сүўретин сәўлелендириўши файлдың көлеми 150 терабайтқа тең.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги