Усы жыл 25-декабрь күни Қоңырат темир жол вокзалының реконструкциядан шыққан жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылыўына арналған салтанатлы илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, кирип киятырған Жаңа жыл байрамы, сондай-ақ, байрам алдынан жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соӊғы жыллары Президентимиздиң басшылығында елимиз экономикасының барлық тараўларында ҳәм халқымыздың турмысында тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Барлық тараўлар қатарында транспорт тараўында алып барылып атырған реформалар халқымыздың узағын жақын, аўырын жеңил етпекте.
Пайдаланыўға тапсырылып атырған Қоңырат темир жол вокзалының жаңа имаратында Президентимиздиң арнаўлы тапсырмасы менен 17,5 млрд. сумлық реконструкциялаў жумыслары алып барылды ҳәм жолаўшылар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды.
Соны да айрықша айтып ѳтиўимиз керек, бул объектте ѳткен 70 жыл ишинде бундай кең кѳлемли курылыс-реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылмаған.
Әлбетте, бул темир жол вокзалы узақ жыллар даўамында халқымызға ҳәм елимизге келген мийманларға сапалы хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги