Ески қәдириятымыз гүрестиң халықаралық майданда раўажланыўы, дүнья көлеминде  және де кең  тән алыныўында материаллық емес мәдений мийрас системасынан орын ийелеўи әҳмийетли фактор есапланады.

Усы мақсетте, Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги, Халықаралық гүрес ассоциаициясы, Өзбекстан гүрес федерациясы, жетекши спорт қәнигелери, мәденият, спорт ҳәм мийрас тараўының экспертлери ЮНЕСКОның регионаллық  ўәкиллери менен биргеликте кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Гүрес спортының адамзаттың материаллық емес мәдений мийрасы сыпатында ЮНЕСКО тәрепинен тән алыныўы Өзбекстанның бай мәдений ҳәм тарийхый мийрасын дүнья көлеминде тән алыўға қаратылған ири қәдем саналатуғынын атап өтиў зәрүр.

Ата-бабаларымыздан мийрас гүрес тек физикалық шынығыў емес, ал өзинде инсаныйлық, ҳадаллық сыяқлы улыўмаинсаныйлық қәдириятларды  жәмлегени менен де халықаралық майданда итибарға ийе болмақта. Усы процесслерди шөлкемлестириў бағдарында Халықаралық гүрес ассоциациясы, Өзбекстан  Республикасы Спорт министрлиги, Халықаралық гүрес институты, Өзбекстан гүрес федерациясы ҳәм ЮНЕСКО ислери бойынша миллий комиссия ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар тәрепинен талабанлық ҳүжжетлери ислеп шығылды.

Бул мәселеге бағышланған мәжилисте қатнасқан спорт министри Адҳам Икромов Халықаралық гүрес ассоциациясы, мәденият, спорт ҳәм мийрас тараўының жетекши ўәкиллери, гүрес қәнигелери, ЮНЕСКО халықаралық ҳүкиметлераралық шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте гүрести адамзаттың материаллық емес мәдений мийрасы репрезентатив дизимине киргизилиўи бойынша бир жыл даўамында  талабанлық жойбары таярланатуғынын билдирип өтти.

Оған бола,  материаллық емес мәдений мийрас объекти – гүрес бойынша мағлыўматлар базасы қәлиплестирилди. Бул процессте Өзбекстан Республикасы спорт министрлиги, Халықаралық  гүрес институты ҳәм Өзбекстан гүрес федерациялары менен әмелий жумыслар алып барылмақта.

Бүгинги күнге шекем Өзбекстан тәрепинен ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасының дизимине Наўрыз  байрамы, палаў мәденияты ҳәм дәстүрлери, аския, үлкен қосық, Байсун районының мәдений орталығы, шашамақом ҳәм бақсышылық  көркем өнерлери киргизилген.

Мәжилис даўамында гүрестиң бул дизимге киргизилиўи бағдарында әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди. Бул процесс болса, келешекте спорттың мәдений ролин тән алыўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Т.Рўзиев, ӨзА