Ишки ислер министри, генерал-майор Пўлат Бобожонов басшылығындағы жумысшы-топар усы жылдың 5-9-август күнлери Қарақалпақстанның барлық қала-районларында үйрениў жумысларын алып барды.
Жумысшы топардың тийкарғы мақсети – ишки ислер уйымлары жумысының елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға муўапық ҳәм үнлес тәризде шөлкемлестирилгенине баҳа бериў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарындағы жумыслардың жағдайы, ҳәр бир хызметкердиң тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин толық түсинип жеткенин ҳәм оларды турмысқа енгизиўдеги жуўапкершилик сезими, пуқаралар менен пикирлесиўде белгиленген тәртип-қағыйдаларға әмел етиў ҳәм кишипейил болыў, сондай-ақ, хызмет етиўи ушын жаратылған шараятлар және жол қойылып атырған кемшиликлердиң тийкарғы себеплерин үйрениўден ибарат.
Министр Мойнақ ҳәм Қоңырат районлық ишки ислер бөлимлеринде жеке қурам менен ушырасты. Бул ушырасыўларға район ҳәкими, прокуроры ҳәм мәмлекетлик салық инспекциясы баслықлары да қатнасты. Нөкис қалалық ишки ислер уйымларының жумысын муўапықластырыў басқармасына қараслы 2-санлы ИИБның толық онланған имаратын пайдаланыўға тапсырыў мәресимине қатнасты.
Илажда П.Бобожонов ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң тийкарғы бөлеги тиккелей пуқаралар менен ислесиўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар нәтийжесинде енди системадағы хызметкерлердиң 65 проценти төменги буўынларда жумыс алып барып атырғанын айрықша атап өтип, пайдаланыўға тапсырылып атырған ИИБ имараты да халық пенен тығыз бирге ислесип, пуқаралардың тыныш ҳәм абадан турмысы ушын хызмет ететуғынына исеним билдирди.
ИИБ хызмет көрсететуғын 16 мәҳәлледе 14 мың 600 ден аслам шаңарақ болып, халықтың саны 74 мыңнан асады. Хызмет сапасын ҳәм оперативлиликти тәмийинлеў ушын ИИБ ықтыярына 2 Дамас маркалы автомашина да берилди.
9-август күни Нөкис қаласында Ишки ислер министри басшылығында аймақларда өткерилген үйрениўлердиң жуўмағына бағышланған кеңейтилген мәжилис болып өтти. Оған Өзбекстан Республикасы Президенти аппараты, Бас прокуратура, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ишки ислер уйымларының жуўаплы ўәкиллери қатнасты.
– Президентимиздиң басламасы менен елимиздиң ҳәр бир қала ҳәм районы секторларға ажыратылып, оларға усы аймақтың ҳәкими, прокуроры, ишки ислер уйымы ҳәм мәмлекетлик салық инспекциясы басшысы жеке жуўапкер етип белгилениўиниң тийкарғы мақсети, жәмийетте жынаятшылықтың алдын алыў ушын тек ғана профилактикалық илажлар көрип қоймастан, халықты қыйнап атырған социаллық машқалаларды өз ўақтында шешиўи де зәрүр, – деди П.Бобожонов. – Ҳәр бир сектор басшысы аймақта қосымша жумыс орынларын жаратыўы, жумыссызлықты ҳәм басқа да социаллық машқалаларды сапластырғанының өзи жынаятшылықтың алдын алыў бойынша исленген әҳмийетли илаж болып табылады. Әсиресе, шаңарақ-турмыс шеңбериндеги жынаятлардың алдын алыўда ҳәмме бирдей ҳәрекет етиўи, кең жәмийетшиликтиң, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының имканиятынан өнимли пайдаланыўы оғада әҳмийетли.
Мәжилисте тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин жетик түсинип жетпей, бүгинги күн талапларына толық жуўап бермейтуғын, елеге шекем ески жумыс усылы менен ислеп, пуқаралардың мәпи жолында жан күйдирип ислемей атырған басшы хызметкерлерге интизамый шара көрилди.
Соның менен бирге, хызмет ўазыйпасына үстиртин қатнас жасап, хызметти нәтийжели шөлкемлестириў илажларын көрмегени, жумысы даўамында системалы кемшиликлерге жол қойып киятырғаны ушын Төрткүл районы ИИБ баслығы А.Ильясов, Нөкис қаласы ҳәм Тақыятас районы ИИБлары баслықларының биринши орынбасарлары А.Артиков ҳәм А.Гулимбетов, Нөкис қаласы, Шымбай ҳәм Қараөзек районларының ИИБ баслықларының жаслар мәселелери бойынша орынбасарлары М.Қдирбаев, Р.Палуаниязов ҳәм Р.Қаландаров және Кегейли районы ИИБ 10-санлы ишки ислер бөлимшесиниң баслығы А.Палибековлар ийелеп турған лаўазымларынан азат етилди.
Сондай-ақ, илажларда ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң кәсиплик этикасы, хызмет интизамына әмел етиўи мәселелерине де айрықша тоқтап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги