Усы жыл 12-августтен баслап Қубла Корея Республикасының мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми болған «Эвергрин Моторс»тың шөлкемлестириўинде Кореяның Кёнг Санг миллий университети клиникасының, Дин Джу қаласындағы денсаўлықты сақлаў колледжиниң 35 адамнан ибарат бир топар шыпакерлери, оқытыўшылары пайтахтымызға келип Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде жумыс ислемекте.

Дәслепки күни олар усы жерде 700 ден аслам наўқасты қабыллады.

– Бизиң бул жерге келиўимизден тийкарғы мақсет – жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген адамларға медициналық жақтан жәрдем көрсетиў болып есапланады. Ҳәр наўқасқа орташа 3000 долларлық дәри-дәрмақ пенен бийпул жәрдем бериўди режелестиргенбиз,-дейди топар басшысы, Кёнг Санг миллий университетиниң директоры, профессор Ха У Сонг.

– Бизге мүрәжат еткен наўқаслардың көпшилиги жүдә аўыр кеселликлер менен наўқасланғанлар болып атыр. Мәселен, 10 адамның жүрек, 20 адамның қоян жырық кеселлиги, 6 адамның 4 ямаса 2 бармағы менен туўылғаны, сондай-ақ, қан басымы, қантлы диабет кеселлигине шалынған бир қатар наўқаслардың көрингенин айрықша атап өтиўимиз керек. Жақын күнлерде оларды Кореяда операция ислеп емлеў бойынша сөйлесиўлер алып барып атырмыз.

Улыўма үш күн даўамында усы жерде үлгергенимизше 2000 нан аслам наўқасты қабыллап, оларға диагноз қойып, керекли дәри-дәрмақларын бийпул тарқатып жәрдем көрсетиўди режелестиргенбиз.

Кореялы шыпакерлер пайтахтымыздың бир қатар мәкемелерине, сондай-ақ, районларға бөлинип усы бағдардағы жумысларын даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.