Өзбекстанда быйылғы жылы «Қурбан ҳайт» байрамы 21-август күни өткериледи. Бул ҳаққында муфтий Усмонхон Алимов Мекке қаласында зыяратшылар менен ушырасыў ўақтында мәлим етти. Хабар Өзбекстан Мусылманлар басқармасы ўәкиллери тәрепинен тастыйықланды.
– Қурбан ҳайтының биринши күни 21-август, сийшемби күнине туўра келеди. Биз бул мағлыўматты Министрлер Кабинети жанындағы дин ислери бойынша комитетке усындық, – деп айтып өткен Өзбекстан Мусылманлар басқармасының жуўапкер хызметкери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги