Бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлонов Қарақалпақстан Республикасындағы бир қатар бажыхана ҳәм социаллық тараў объектлеринде болды.

Дәслеп «Даўыт-ата» шегара бажыхана постында әмелге асырылып атырған қурылыс-реконструкция жумыслары бойынша жуўапкерлер менен ушырасыў болып өтти. Президентимиздиң пәрманы менен ҳәзирги ўақытта усы постқа тутас аймақта 6 гектар майданда бажыхана терминалы бой тикледи. Ушырасыўда бул бажыхана терминалын толық иске қосыў мәселелери додаланды.

Қурылыстың гезектеги басқышында шегара-бажыхана постының өзи қайтадан қурылады. Пост өз жумысын үзликсиз даўам еттириўи ушын терминал аймағында жолаўшылар ҳәм транспорт қуралларының ҳәрекети ушын ўақтыншалық коридорлар шөлкемлестирилмекте.

Бундай жағдайда пост арқалы ҳәрекетленип атырған жолаўшылар ҳәм айдаўшылар ушын қолайлы шараятларды жаратыў менен бир қатарда бажыхана қадағалаўын да исенимли тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында Қараөзек районын ҳәр тәреплеме жедел раўажландырыў, халықтың турмыс шараятларын және де жақсылаўға Бажыхана комитети жуўапкер етип белгиленген. Сонлықтан комитет баслығы бул районда болып, аймақтың социаллық-экономикалық жағдайы менен жақыннан танысты. Өндирис ҳәм санаат зоналары, районның драйвер тараўлары үйренилди. Аралбойының шетки районларынан бири болып есапланыўшы Қараөзекте 54,5 мың халық жасайды. Соңғы таллаўларға бола районда 1,4 мың жумыссыз бар. Сол себепли тийкарғы итибар жылдың ақырына шекем ҳәм келеси жылы жаңа өндирис қуўатлықларын иске қосыўға қаратылады.

Гезектеги мәнзил Шымбай районындағы Дослық мәҳәллеси болды. Келеси жылы бул жерде бажыхана уйымларының үлеси 330 орынлы жаңа мектеп қурылады. Комитет баслығы бул қурылыс жойбары менен танысып, жаңа мектеп ҳәм оның спорт залы қурамалы климат шараятларынан келип шыққан ҳалда өз ўақтында ҳәм сапалы түрде қурылыўы керек екенлигин атап өтти.

Д.Абибуллаев,

Қарақалпақстан хабар агентлиги