Кегейлиде Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы таңлаўының районлық басқышы болып өтти.
Онда илим, билимлендириў, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт, информациялық технологиялар ҳәм жәмийетшилик жумысы бағдарларда жоқары жетискенликлерге ерисип атырған талантлы ҳаял-қызлар қатнасты.
Таңлаўда социаллық белсендилиги ҳәм таланты менен теңлеслерине өрнек болып атырған 14 жасқа толған ҳәм 30 жасқа шекем болған ҳаял-қызлар өз-ара жарысты ҳәм төрешилер тәрепинен ең мүнәсиплери анықланды.
Жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.
Даўыт Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги