Ҳәзирги ўақытта суйылттырылған газ тәмийинаты қәнигелери ең шетки аймақларда жасаӯшы халыққа өз ӯақтында суйылттырылған газ баллонларды жеткерип бериӯдей ӯазыйпаларды атқармақта. Тақыятас районының Туркменстан Республикасы менен шегаралас аӯылларындағы суйылттырылған газ тутыныӯшыларына да өз ӯақтында иркинишсиз жеткерип бериўге ҳәрекет етпекте.
Бүгинги күнде Тақыятас районы бойынша тәбийғый газ жетип барыӯы қыйын саналған, соның ушын суйылттырылған газге өткерилген 507 жеке хожалық болып, олар тийкарынан Сарайкөл, Найман, Кенегес аӯыл пуқаралар жыйынларында жасайды.
Райондағы суйылттырылған газ тутыныӯшыларына жыл басынан усы күнге шекем 87,2 тонна суйылттырылған газ жеткерип бериӯ режелестирилген болып, бул көрсеткиш әмелде 87,5 тоннаға артығы менен жеткерип берилген.
Жергиликли ҳәкимлик пенен келисилген ҳалда ислеп шығылған график тийкарында Сарайкөл аӯыл пуқаралар жыйынындағы тутыныӯшыларға гезектеги газ баллонлары жеткерип берилди. Аӯыл халқы да өз ӯақтында келип атырған газ ушын тараӯ қәнигелерине миннетдаршылық билдирмекте.
Бул бағдардағы жумыслар ҳәр бир аймақта турақлы түрде даӯам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги