Ҳәзирги ӯақытта Тақыятас районында жәми 14 мың 746 тәбийғый ҳәм суйылттырылған газ тутыныӯшылары бар. Солардан 14 мың 191 и тәбийғый газ тутыныӯшылары болып есапланады. 13 мың 938 жеке хожалықтағы тутыныӯшылардың 10 мың 834 ти ҳәӯли үйлерде, 3104 и көп қабатлы турақ жайларда жасайды. Буннан басқа 253 көтере тутыныӯшылар болып, олардың он үшин санаат кәрханалары қурайды.
Усы тутыныӯшыларға жәми ҳәрекеттеги 317 мың километрлик газ тармақлары арқалы тәбийғый газ жеткерип бериледи. Соннан 2 километрлик бөлеги жоқары, 154,6 километрлик бөлеги орта ҳәм 160,3 километрлик бөлеги төмен басымлы газ тармақларынан ибарат. Усы газ тармақларының 20 километрлик бөлеги жер астында, 297 километрлик бөлеги жер үстинде жайласқан.
– Тутыныӯшыларға бир тегис газ жеткерип бериӯ ушын 152 газ бөлистириӯши пункт жумыс ислеп турыпты,-дейди Тақыятас районлык газ тәмийнаты бөлиминиң баслығы Әдил Қурамбаев.
2024-жылы райондағы 2120 хожалықты еки басқышлы системаға өткериӯ режелестирилип, бүгинги күнге шекем 742 хожалық толығы менен еки басқышлы системаға өткерилди. Нәтийжеде 72 мың куб метр газ үнемленип техникалық жоғалтыӯлардың алды алыныӯына ерисилди. Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даӯам етпекте.
Соның менен бирге, район халқын бир тегис тәбийғый газ бенен тәмийинлеӯ, газ тармақларын 2024-2025-жылғы гүзги-қысқы мәӯсимге таярлаӯ мақсетинде режеде бегилеп алынған газ тармақларын реконструкциялаӯ, қайта оңлаӯ, газ бөлистириӯ пунктлерин техникалық тексериўден өткериӯ, газ тармақларын басым астында сынаӯ, жер асты ҳәм жер үсти газ тармақларының жағдайын прибор усылында тексериӯ, сондай-ақ, газ тармақларын эстетикалық жақтан тәртипке келтириӯ жумыслары толығы менен жуӯмақланды.
Гүзги-қысқы мәӯсимге таярлық көриӯ жумыслары менен бир қатарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаӯлы қарары тийкарында мәҳәллелердеги газ тәмийинаты машқала болған аймақлар анықланып, райондағы Шамшырақ МПЖ аймағындағы д-57мм. болған 1,2 километрлик газ тармақлары реконструкцияланып жаңадан тартылды. Сондай-ақ, Кенегес аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы д-102 мм. болған 0,2 километрлик газ тармақлары жаңадан тартып берилди.
Газ тәмийнаты бойынша бүгинги гүзги-қысқы мәӯсимге таярлық көриӯ мақсетинде алып барылған жумыслардың нәтийжесинде тәбийғый газден ҳеш қандай машқала болмайды, деп исеним билдиремиз.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги