Өзбекстанда энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергияның нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы жаңа нызам күшке кирди. Усы нызамға муўапық, «Өзенергоинспекция» ҳәм оның аймақлық басқармалары энегрия сапасының нормативлик ҳүжжетлерине әмел етилиўин қадағалайды. Нызамға киргизилген жаңа қағыйдалар бойынша энергия пайдаланыўшылары ушын бир қатар жәриймалар белгиленген.
Мәлим болыўынша, тәбийғый газды тийисли рухсатнамаларсыз жумсағанлығы ушын жәрийма 10 процент муғдарында қолланылады. Соның менен бирге, талапларға сәйкес келмеген нефть өнимлери ҳәм суйылттырылған газды сатқанлығы ушын 50 процент муғдарында жәрийма бар болады. Бул илажлар мәмлекетлик қадағалаўды күшейтиўге қаратылған болсада, халық ҳәм киши исбилерменлер ушын экономикалық қыйыншылықларды және де арттырыўы мүмкин.
Электр энергиясы ҳәм басқа нәтийжели пайдаланыўға қаратылған бул жәриймалар энергияны үнемлеўди хошаметлейди. Раўажланған мәмлекетлерде энергияның нәтийжелилигин арттырыў ушын субсидия ҳәм жеңилликлер бериледи, бул болса халыққа қосымша жәрдем сыпатында хызмет етеди.
Жаңа нызам исенимли шараларға тийкарланған болып, бул көзқарас кем дәраматлы пайдаланыўшылар ушын қолайсызлық келтириўи мүмкин. Нызам халықты энергияны үнемлеўге шақырыў орнына, оларға қосымша қаржылай жүк жүклеп атырғанлығы себепли, бул сиясат кең жәмийет арасында сынларға ушыраўы итималынан тысқары емес.
Халықаралық әмелият соны көрсетеди, энергияның нәтийжелилигн арттырыў бойынша табыслы реформалар халық ушын унамлы стимуллар менен қоллап-қуўатланады. Бул нызам халық ҳәм исбилерменлерди энергия ресурсларын нәтийжели жумсаўға ийтермелеў орнына, жәриймалар арқалы оларды шеклейди, деп мәлимлеме береди хс.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги