2024-жыл 1-октябрь жағдайына бола, Өзбекстан Республикасында халықтың улыўма тығызлығы 1 квадрат километрге орташа 83,2 адамды қурамақта. Бул ҳаққында Статистика агентлиги хабар берди.
Мәлим болыўынша, аймақлар бойынша болса халықтың тығызлығы сезилерли дәрежеде парық етеди. Халықтың тығызлығы жоқары болған аймақлар тийкарынан урбанизация дәрежеси жоқары болған ўәлаятлар болып табылады.
Атап өтилиўинше, Әндижан ўәлаяты ең жоқары халық тығызлығына ийе болда, бул жерде ҳәр квадрат километрге 801,3 адам дурыс келеди. Фергана ҳәм Наманган ўәлаятлар да жоқары тығызлық көрсеткишлерине ийе болып, сәйкес түрде 610 ҳәм 418,7 адамды қурайды. Бул ўәлаятлардағы жоқары халықтың тығызлығы олардың мийнет ресурсларына бай екенин көрсетпекте.
Халықтың тығызлығы ең төмен болған аймақлар Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Наўайы ўәлаяты болып, бул жерде ҳәр квадрат километрге сәйкес түрде 12, 1 ҳәм 9,8 адам дурыс келеди. Бул аймақлардың тәбийғый шараяты ҳәм инфраструктура имканиятлары төмен екенин аңлатады. Сондай-ақ, усы аймақларда экономикалық жумыс көлеми да шекленген болыўы мүмкин.
Ташкент қаласы ең жоқары халықтың тығызлығына ийе болған ймақлардан бири болып, бул жерде ҳәр квадрат километрге 6 909,6 адам дурыс келеди. Бул болса пайтахтта урбанизация дәрежесиниң жоқары екенин көрсетеди. Халықтың тығызлығы бойынша Ташкенттиң басқа аймақлардан ажыралып турыўы экономикалық ҳәм социаллық имканиятларының кеңейиўине себеп болмақта, деп мәлимлеме береди хс.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги