Нөкис қаласындағы Республикалық спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика спорт түрлерине таярлаў орайында спорттың баскетбол түринен 12 жастағы қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасының басқа ўәлаятларынан командалар қатнасып, өз-ара күш сынасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы финалға шекем жетип келди ҳәм алтын медаль ушын шешиўши  ойында Ферғана ўәлаятының командасынан жеңилип қалды. Солай етип, чемпионатта Ферғана ўәлаятының командасы биринши, Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы екинши, үшинши орынды Жиззақ ўәлаяты командасы ийелеўге миясар болды.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплоп, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы