Конкиде ушыў бойынша олимпиада чемпионы, ҳәзирги ўақытта Россия мәмлекетлик думасы депутаты Светлана Журова россиялы спортшылар — шорт-трекшилер Денис Айрапетян ҳәм Даниил Ейбог ҳәм конкиде ушыўшы Данила Семериков Өзбекстанның атын қорғаў тилегинде екенинен өкиниште екенин билдирди. Оның сөзлерин «Матч ТВ» келтирди.
«Сондай жағдайда бул спортшылар Россиядан кетип баратырғанынан өкиништемен. Оларды түсинбеймен, бирақ сын да айтпайман. Олар да Олимпиадада қатнасыўды қәлейди», — деди Журова.
Семериков — жәҳән чемпионатларының сыйлы ийеси, Айрапетян ҳәм Ейбог — Европа чемпионлары. 1-октябрь күни Россия конкиде ушыўшылар аўқамы ҳәр үш спортшының Өзбекстан сайланды командасына өтиўи ушын еки жыллық карантинди тастыйықлады.
Халықаралық конкиде ушыў аўқамы (ISU) 2022-жылдың бәҳәринде россиялы ҳәм беларуслы атлетлерди халықаралық беллесиўлерден шетлеттирген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги