Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Германия Федеративлик Республикасы Ҳүкимети менен қаржылай бирге ислесиўде Өзбекстанда кәсиплик билимлендириўди қоллап-қуўатлаў бағдарламаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында» қарар қабыллады.
Оған муўапық, Германия Федеративлик Республикасы «KfW» банкиниң гранты тийкарында 7 кәсиплик көнликпелер орайларын қурыў-монтажлаў, оңлаў ҳәм үскенелеў жумыслары әмелге асырылады.
Қарар менен «Өзбекстанда кәсип-өнер билимлендириўин қоллап-қуўатлаў» жойбарының техникалық-экономикалық топлам параметрлери тастыйықланды.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги усы жойбарға ажыратылатуғын гранттан мақсетли пайдаланыў ҳәм оны нәтийжели әмелге асырыўға жуўапкер орынлаўшы болып есапланады.
Жойбарға киргизилген объектлерде қурылыс-монтажлаў жумысларын қаржыландырыў, сондай-ақ, әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў қәрежетлери Германия Федертивлик Республикасы «KfW» банкиниң грантлары есабынан әмелге асырылады.
Бул мийнет базарының нәтийжели механизмлерин енгизиў, кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды заманагөй кәсип-өнерге оқытыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, Германия Федеративлик Республикасы Ҳүкимети менен қаржылай бирге ислесиўди және де кеңейтиў, кәсип-өнерге оқытыў орайларын оңлаў, үскенелеў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў имканиятын береди.
Мағлыўмат ушын:
Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Германия Федеративлик Республикасының «Kreditanstalt fiir Wiederaufbau» банки арасында 2023-жыл 8-ноябрьде қол қойылған «Өзбекстанда кәсип-өнер билимлендириўин қоллап-қуўатлаў» грант келисиминде 5 жыл мүддетте 16 млн евро муғдарында грант ажыратылыўы белгиленген еди.
ӨзА