Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов Тахтакөпир районында болып, аймақлардағы мәҳәлле жетилиги ҳәм белсенди көше бийлери менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған реформалар, халқымыздыӊ турмыс шараятын жақсылаў бағдарындағы әҳмийетли басламалар бойынша исленип атырған жумыслар тилге алынып, бул ўазыйпалардың орынланыўында көше бийлериниң де тутқан орны айрықша екенлиги атап өтилди.
Илажда усындай ийгиликли ислерди әмелге асырыўда пидәкерлик көрсеткен ҳәм «Еӊ үлгили көше бийи» таӊлаўыныӊ районлық басқышында жеңимпаз болған көше бийлерине Миннетдаршылық хаты ҳәм ақшалай сыйлықлар тапсырылды.
Усындай илажлар республикамыздың барлық аймақларында болып өтпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы