Кеше Европаның бир қатар қалаларында Европа чемпионлар лигасының екинши турынан орын алған бир неше ушырасыўлар болып өтти.
Олардың биринде быйылғы жылы Испания чемпионатында жаңа тренер басшылығында табыслы ойнап киятырған «Барселона» Швейцарияның «Янг Бойз» клубын өз майданында қабыллап, қарсыласларын 5:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Ушырасыў даўамында Левандовски дублге ерискен болса, Рафинья ҳәм Мартинеслер бир голдан өз есабына жаздырып қойды. Ойындағы 5-голға «Янг Бойз»дың өз футболшысы Камара авторлық етти.
Ал, турнир фаворитлеринен саналған «Манчестер Сити» бул турда Словакияға сапар етип, жергиликли «Слован» командасын 0:4 есабында жеңиўге еристи. Ойындағы голларды 8-минутта Гюндоган, 15-минутта Фоден, 58-минутта Холанд ҳәм 74-минутта Макати урыўға миясар болды.
Сондай-ақ, бул турда «Байер» «Милан»ды 1:0, «Боруссия Д» «Селтик»ти 7:1, «Интер» «Црвена Звезда»ны 4:0 есабында жеңип, өз есапларына 3 упай қосып қойды.
Ал, Нидерландияның «ПСВ» ҳәм Португалияның «Спортинг» клублары арасындағы ойын болса, 1:1 есабы менен жуўмақланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы