Елимиз бойлап кең түрде белгиленген 1-октябрь Муғаллимлер ҳәм устазлар күни Қарақалпақстан медицина институтында да байрам илажларына уласып кетти.
Илажда, институт ректоры О.Атаниязова шығып сөйлеп, институт жәмәәтин байрам менен қутлықлап, жумысларында табыслар тиледи. Буннан соң институтта көп жыллар даўамында жемисли мийнет етип атырған профессор-оқытыўшыларға Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «Соғлиқни сақлаш аълочиси» ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң «Олий таълим аълочиси» көкирек белгилерин тапсырды.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тǝрепинен «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң ҳǝм Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигининиң көкирек белгилери ҳǝм «Ташаккурнома» сы менен институттың профессор-оқытыўшыларының сыйлықланғанлығы атап өтилди.
Сондай-ақ, байрамды жоқары дǝрежеде өткериў мақсетинде институттың барлық хызметкерлери қаржылай хошаметленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги