Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Пресс-турда қатнасыўшылар Президентимиз тәрепинен қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын жаратылып атырған кең имканиятлар негизинде Нөкис қаласында белсенди исбилерменлердиң жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде Нѳкис қаласында жумыс ислеп турған “МАВЛУДА ОЗОДА” ЖШЖ директоры, 13 жылдан аслам тәжирийбеге ийе исбилермен Рашид Сапарниязовтың кәрханасына алып барылды.

Рашид Сапарниязов өз жумысын 2011-жылдан баслаған. Бүгинги күнде  100 ге шамалас жумыссыз пуқаралар, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтилигин тәмийинлеген. Нөкис қаласында жайласқан 6 гектар жер майданында пуқаралар ушын дем алыў орайы “Аквапарк”, балықшылық ҳәм бағшылықты жолға қойған. Бул ушын исбилермен жәми 6 миллиард сумнан аслам қаржы жумсаған. Исбилермен тәрепинен шөлкемлестирилген бағда 3000 нан аслам мийўели тереклер бүгинги күнде өз өнимин берип атыр.

― Балалықтағы арзыў-нийетлерим енди әмелге аспақта,-дейди исбилермен Р.Сапарниязов.

Усы жылдың май айында жумыс басланған “Аквапарк” те 30 дан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды. Парк жаз мәўсиминде күнине 600 ден аслам пуқараға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе. Бул орында қараүйлер қурылып, балалар майданшалары, балалар ҳәм ересеклер ушын арнаўлы бассейнлер қурылды. 1,5 гектарлық жерде жайласқан жасалма көлде жылына 20-30 тонна балық жетистириледи. Сонлықтан қыс мәўсиминде де дем алыў орайын ҳәрекетке келтириў мақсетинде қызығыўшылық билдирген пуқаралар ушын жеке тәртипте балық аўлаў хызметин жолға қойыўды режелестирип атырман.

Балалық дәўиримде досларым дем алыс күнлери шаңарақ ағзалары менен  қалалық орынларға барып, бассейнлерде шомылып, дем алыс күнлерин кеўилли өткергенлигин еситип, усындай шараятлар, қәнекей, бизиң аймақларда да шөлкемлестирилсе, деп нийет ететуғын едим. Ең баслысы, ата-аналар ҳәм балалар қуўанбақта.

Буннан соң, пресс-тур қатнасыўшылары исбилермен тийкар салған “Fish House” аўқатланыў орынында болып, жаратылған шараятлар менен де жақыннан танысты. Ҳәзирги күнде бул орынға келиўши туристлер, сырт елли мийманлар ҳәм елимиз пуқаралары көпшиликти қурайды. Тәжирийбели аспазлар тәрепинен балық ҳәм балық өнимлеринен ҳәр түрли аўқатлар таярланып, күнине 400 ден аслам пуқараға хызмет етиў қуўатлылығына ийе бул орында, әсиресе, жаслардың бәнтлиги тәмийинленген.

Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги