Алмурат Мамадаминов (Муҳаммед Амин) 1958-жыл 15-сентябрьде Сурхандәрья ўәлаятында туўылған. Мағлыўматы жоқары. Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети)н тамамлаған.
Ол мийнет жолын 1983-жылы Ташкент мәмлекетлик университетиниң «Ташкент университети» көп тиражлы газетасында техникалық редактор сыпатында баслады. Буннан соң, «Жас Ленинши» (ҳәзирги «Ёшлар овози») газетасында хабаршы, үлкен хабаршы, жуўаплы хаткер орынбасары, бөлим баслығы, «Ўзбекистон овози» газетасында фотохабаршы лаўазымларында иследи. 1996-жылдан баслап Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзАда фотохабаршы лаўызымында жумыс алып бармақта.
Алмурат Мамадаминов фотохабаршы сыпатында мәмлекетимизде ҳәм сырт елде өткерилетуғын ҳәр қыйлы абырайлы әнжуманлар, фестивальлар, спорт жарыслары, көргизбелерден фоторепортажлар, фотокөринислер таярлап, республикамыздың ғалаба хабар қуралларына кеңнен сәўлелениўинде ылайықлы үлесин қосып киятырған дөретиўшилерден бири.
А.Мамадаминов мийнет жолы даўамында жүзлеген шәкиртлер таярлады. Ҳәзирги ўақытта олар республика ғалаба хабар қуралларында фотохабаршы сыпатында жумыс алып бармақта. Оның фотоларының бас темасы – халқымыздың бай тарийхы, мәденияты, миллий қәдириятлары, адамлардың мәртлиги, миймандослығы, мийнет сүйгишлиги, өзиниң ийгиликли мақсети жолында тынымсыз ҳәрекет етиўи, жоқары нәтийжелерге ерискен жасларымыздың қуўанышы, халқымыздың уллы пазыйлетлери, заманымыз қаҳарманларының өтмиши, бүгини, турмысы, сезимлери, арзыў-умтылыслары болып есапланады.
А.Мамадаминовтың дөретиўшилик үлгилери республика көлеминдеги басылымларда, фотоальбомларда, ғәрезсизлигимиз, тынышлық-татыўлығымыз, халқымыздың бахытлы ҳәм абат турмысы, дөретиўшилик потенциалы, жасларымыздың күш-жигерин сәўлелендириўши плакатлардан кең түрде орын алған. Спорт темасындағы «Тезирек, бийикирек, күшлирек» атлы жеке көргизбесин 2018-жылы халыққа инам етти. 2019-жылы Өзбекстан спорт министрлиги тәрепинен «Спорт ағласы» көкирек белгиси менен сыйлықланды. 2021-жылы Спорт министрлигиниң «Ең белсенди спорт фотохабаршы» номинациясында жеңимпаз болды.
Ол мийнет жолы даўамында Лондон ҳәм Токиода өткерилген жазғы олимпиада ойынларында мәмлекетимиз делегациясы қурамында қатнасып, спортшыларымыздың жеңисли демлерин онлайн түрде жарыта алды. Сондай-ақ, Түркияда өткерилген «Ислам тилеклеслик ойынларында», Ханчжау (Қытай)да болып өткен Азия ойынларында фотохабаршы сыпатында қатнасып, спортшыларымыздың жеңислерин фотобъективине жазып қалдырды.
2022-жылы Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери күни мүнәсибети менен жәрияланған Президент пәрманына тийкарланып «Содиқ хизматлари учун» медалы менен сыйлықланған. Жақында Нураний қоры тәрепинен «Меҳнат фахрийси» көкирек белгисин алды.
Ол ҳәзирги күнде де тынымсыз дөретиўшилик пенен шуғылланбақта. А.Мамадаминовтың ҳәр қыйлы темалардағы фотосүўретлери газета ҳәм журналларды, басылымларда турақлы басып шығарылмақта.
Усы жылы 27-ноябрь күни саат 10:00 де Нөкис қаласындағы Көргизбелер сарайында А.Мадаминовтың жеке фото көргизбеси өткериледи.
Бәрше ықласбентлерди фото көргизбеге мирәт етемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги