Ташкент қаласындағы «Универсал» спорт комплексинде спорт гүреслери бойынша Өзбекстан чемпионаты өз жуўмағына жетти. Ҳаял-қызлар гүреси бойынша өткерилген беллесиўлерде қарақалпақстанлы палўанлар да белсене қатнасып, бир қатар медальларды қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтқанда, 50 кг салмақта Гүлчеҳра Шамуратова қола, 55 кг да Саҳипжамал Есбосынова гүмис, Дүрдана Давлетмуратова қола медальларды жеңип алған болса, 57 кг да барлық сыйлы орынларды қарақалпақстанлы қызлар ийелеўге еристи. Соның ишинде, Нилуфар Өтемисова алтын, Сандуғаш Дженбаева гүмис, Мавлуда Қалбаева қола медалы менен сыйлықланды.

Ал, 59, 62, 65 ҳәм 72 кг  салмақ категорияларында қызларымызға бираз әўмет ҳәм тәжирийбе жетиспеди. Атап айтатуғын болсақ, 59 кг да Сәрбиназ Жийенбаева гүмис, Динара Сейтмуратова қола, 62 кг да қатнасқан Дилфуза Айымбетова қола, 65 кг да Хуршида Қасымова гүмис, Арыўхан Жумабаева қола, 72 кг да  Набира Есенбаева гүмис, Гөззал Аллаярова қола медальларын қолға киргизиўге миясар болды.

Набира Есенбаеваның сиңлиси Феруза болса, 68 кг салмақта барлық қарсыласларын жеңип шығып, Өзбекстан чемпионы атағын жеңип алды. Ал, усы салмақта қатнасқан және бир палўанымыз Гүлнура Шыныбаева болса қола медалын қолға киргизди.

Солай етип ҳаял-қызлар гүреси бойынша өткерилген Өзбекстан чемпионатында қарақалпақстанлы қызлар 2 алтын, 4 гүмис ҳәм 7 қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы