Президентимиздиң басламасы менен елимиз бойлап өткерилип атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажлар орынларда нәтийжели даўам етпекте.
Шоманай районы Медицина бирлеспесиндеги “Саламатлық бағы”нда район ҳәкими А.Аметов ҳәм сектор баслықлары, аймақ турғынлары биргеликте жақсы нийетлер менен саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин екти.
Атап өтилгениндей, «Саламатлық бағы» – халықтың саламатлығы ушын әҳмийетли. “Жасыл мәкан” акциясына белсене қатнасып атырған пуқаралардың ийгиликли нийетлери әмелге асып, усы “Саламатлық бағы”нда егилген тереклер тек ғана шырайлы көринис жаратып қоймастан, ҳаўаны тазалап, медицина хызметкерлери ҳәм наўқаслар ушын қолайлы орталық жаратады.
Бул илаж районда жасыл мәканды кеңейтиў, экологиялық орталықты жақсылаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеўге қаратылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги