Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң бас директоры (ЖДСШ) Тедрос Адханом Гебрейесус климат өзгериўи ақыбетлери тийкарында мағлыўмат берди.
Оған бола, 2050-жылға барып, климат өзгериўи факторлары себеп 1,2 миллиардқа шекем адамлар жасайтуғын жерин тәрк етиўге мәжбүр болады.
ЖДСШ басшысы атап өткениндей, климат өзгериўи бул –саламатлық дағдарысы болып есапланады. Бул машқала, атап айтқанда, мигрантлар саламатлығына күшли тәсир көрсетеди.
«Сол себепли биз БМШ Климат өзгериўи ҳаққындағы конвенциясы Тәреплери конференциясының 29-сессиясы (COP29) ҳәм перспективадағы анжуманлар декларацияларына мигрантлар саламатлығы мәселеси киргизилиўин талап етемиз», -деп жазған Тедрос Адханом Гебрейесус.
Илимпазлар климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлери ҳаққында жар салып келмекте.
Бәринен бурын «Тәбият ҳәм адамлар» қорныың климат бойынша эксперти Алексей Кокорин 2024-жыл Жер ушын метеобақлаўшылар тарийхындағы ең ири ыссы жыл болыўы мүмкин екенлигин айтқан еди.
Америкалы илимпазлар болса бир неше жылдан соң Батыс Африка, Қубла Азия ҳәм АҚШтың Орта Батыс регионлары климат өзгерислери ақыбетинде инсан өмири ушын қәўипли болып қалады деп жуўмақ жәриялаған.
ЖДСШ есабатына бола, 2030-2050-жыллардаклимат өзгериўи себепли ҳәр жылы 250 мың адам беймезгил қайтыс болады,деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги