Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте гезектеги «Business Breakfast» илажы шөлкемлестирилди.

Онда басқармасы баслығының орынбасарлары М.Косназаров, Н.Мамбетова,  Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы “Киши бизнес консультациялары” бағдарламасының аналитиги А.Маткаримов ҳәм 30 дан аслам исбилермен ҳаял-қызлар қатнасты.

– Илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – қатнасыўшыларға жетекши бизнес тәжирийбелер, раўажланыў стратегиялары ҳәм кәрханаларды басқарыўдың нәтийжели усыллары ҳаққында мағлыўмат бериў, сондай–ақ, жергиликли исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, инновациялар ҳәм исбилерменлик руўхын хошаметлеў, бизнес орталығын жақсылаўдан ибарат,-дейди басқарма баслығының орынбасары Н.Мамбетова.

Ушырасыўда узақ жыллық тәжирийбеге ийе жетекши  исбилерменлер бизнесте жетискенликке ерисиў сырлары, нәтийжели басқарыў, қаржыларды дурыс жумсаў ҳәм инновациялық жойбарларды турмысқа енгизиў бағдарындағы өз билим ҳәм көнликпелери менен ортақласты ҳәм бизнеске байланыслы жумыслар бойынша презентациялар, видеороликлер жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Сондай-ақ, қатнасыўшылар елимизде исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў, бизнес байланысларын еле де беккемлеў бойынша өз-ара пикир алмасып, бир дастурхан әтирапында сәўбетлести.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги