Президент тәрепинен қол қойылған нызам менен «Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер менен қосымшалар  киргизилди.

Оған бола, жумыс излеп атырған шахслардың мийнет уйымларына артықша ҳүжжетлер усыныўына жол қойылмайтуғыны, бәнтликти хошаметлеў ҳәм исбилерменликке тартыў ушын субсидиялар усыныс етиў механизминиң жетилистириўин нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Сондай-ақ,  жумыс бериўшилер тәрепинен мийнет уйымларына бос (вакант) жумыс орынлары бар екенлиги ҳаққындағы мағлыўматларды, хызметкерлердиң жумыстан босатылыўы ҳаққындағы мәлимлемени ҳәр айда электрон түрде усынып барыў шәртлери белгиленбекте.

Буннан тысқары, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң және Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң атамасы айқынластырылмақта, сондай-ақ, шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбир көрген шахслар халықтың социаллық жақтан   мүтәж категориясына киргизилмекте.

ӨзА