Дүньядағы ең үлкен таў шоққысы есапланған Эверест көкке бой созыўда даўам етпекте.

Жаңа изертлеўге бола, дәрьялар жағалаўлары эрозиясы себепли белгили таў алдыңғы жағдайынан 15-50 метр өскен. Яғный, суў дәрья түбиндеги тас ҳәм топырақты жемирип, таў өсиўине жәрдем береди.

75 км аралықтағы Арун дәрьясы ҳәўизинде қурғақлық шегиниўи дүньядағы ең бәлент шоққы жылына 2 миллиметрге шекем көтерилиўин тәмийинлеген, дейди лондонлы илимпазлар.

– Бул процесс кемеден жүктиң бир бөлегин түсириўге уқсайды. Кеме жеңиллесип, бираз бәлентирек сүзгени сыяқлы, қабығы жеңиллескен таў раўажланды, дейди изертлеўши авторы Адам Смит.

40-50 миллион жыл алдын Ҳиндстан ҳәм Евроазия төмен текисликлери тоқнасыўы нәтийжесинде жүзеге келген басым Ҳимолай таўын жүзеге келтиргени мәлим.

Арун Ҳимолай бойлаб ағар екен, таўдың түбин ойып өтеди. Бул қабық астындағы кейинги қатламды кемейтеди. Нәтийжеде жуқаласқан қабықтың ийилиўшеңлиги артып, жоқарыға ҳәрекетлениўи аңсатласады.

Бул «izostatik rebound» деп аталатуғын ҳәдийсе. «Nature Geoscience» журналында басып шығарылған излениў есабатында қосымша етилиўинше, жоқарыға көтерилетуғын күш Эверест ҳәм жақын әтираптағы басқа қоңсы шоққылар, атап айтқанда дүньядағы төртинши ҳәм бесинши ең бәлент ноқат – Лхотсе ҳәм Макалу жоқарыға көтерилиўине алып келеди.

Тийкарынан Қытай ҳәм Непал шегарасында, арқа бөлеги Қытай тәрепинде жайласқан Эвересттиң бәлентлиги ақырғы есабатында 8848,86 метрлиги атап өтилген. Ҳимолайдың төменги қатарынан орын алған шоққының жасы шама менен 50-60 миллион жылға тең.

– Эвересттиң өзгериўшең бәлентлиги ҳақыйқатында Жер майданының өсиўшең тәбияатын атап өтеди, – дейди қытайлы геолог Сю Хан. – Арун дәрьясы эрозиясы ҳәм Жер мантиясының жоқарыға көтерилиў басымы арасындағы өзара тәсир таўға күш береди ҳәм тасты өсиреди.

 

Мусулмон Зиё, ӨзА